Туризм тараўындағы исбилерменлик субъектлери дыққатына

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-августтағы ПФ-5781-санлы пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлиги жанындағы “Миллий PR орайы” МУК 2023-жылдың 4-6-апрель күнлери Әзербайжан Республикасы, Баку қаласында болып өтетуғын AITF халықаралық туризм ярмаркасында Өзбекстан делегациясының қатнасыўын тәмийнлеў ҳәм “Uzbekistan” миллий стендын шөлкемлестириўге таярлық көрмекте. Соның менен бирге, бул ярмаркада Өзбекстан шерик мәмлекет сыпатында қатнаспақта. 

Ярмарка майданының ижәра қәрежетлери Мәденият ҳәм туризм министрлиги есабынан, стенд қурыў қәрежетлери туризм тараўындағы исбилерменлик субъектлери есабынан тең үлесте қапланыўы режелестирилген.  

Ҳүрметли туристлик кәрханалар, жайластырыў орынлары ҳәм тараўда искерлик алып барыўшы исбилерменлик субъектлери, елимизге келиўши туристлер ағымын көбейтиў, соның менен бирге туризм бизнеси ўәкиллери арасында туўрыдан-туўры бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў мақсетинде жоқарыда атап өтилген ярмаркада қатнасыў имкәниятларыңызды көрип шығыўыңызды ҳәмде қатнасыў нийетиңиз болса, усы жылдың 10-март күнине шекем PR орайының илажларды шөлкемлестириў бөлимине мүрәжәт етсеңиз болады.

Tel: 78 129-09-90

e-mail: fair@nationalprcenter.uz.

Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлиги жанындағы “Миллий PR орайы” МУК