Уллы Британияныӊ Bradt Guides саяхат бойынша атақлы басылымы 2023-жылда саяхат етиўге усынылған дүньяныӊ өзгеше туристлик орынларыныӊ дизимин жәриялады. Чили, Коста-Рика, Израиль, Эстония ҳам басқа да туристлерди тартыўшы өзгеше мәканлардан ибәрат болған бул дизимге Қарақалпақстан Республикасы да киритилди. Bradt Guides экспертлери Мойнақ районындағы жаӊа аэропорттыӊ иске түсиўи ҳәмде келешекте тез жүрер поезддиӊ жолға қойылыўы нәтийжесинде Қарақалпақстанға жетип барыў буннан былай аӊсатласқаны, Орайлық Азиадағы еӊ ири электрон музыка фестивалиниӊ өткерилиўи, Саҳрадағы Лувр музейиниӊ дүньяға белгили авангард коллекциясы, соныӊ менен бирге планетамызда түӊги аспанныӊ еӊ қараӊғы зонасы ҳәм оныӊ астында жайласқан қара үйлер комплексин айрықша атап өтти. Буннан тысқары Қарақалпақстанға Арал теӊизиниӊ ўатаны деп тәрип берилди.
Мағлыўмат сыпатында, Президенттиӊ 2022-жыл 30-апрельде қабыл етилген ПҚ-232-санлы қарарына муўапық, аймақтыӊ туристлик потенциалын толық көрсетип бериўши туристлик карталарын (Guidebook) ислеп шығыў, баспадан шығарыў ҳәм бийпул тарқатыў ўазыйпалары белгиленген. Усы мүнәсибет пенен, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ басламасы менен Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги менен биргеликте “Bradt Travel Guides” басылымында Қарақалпақстан бойынша қолланба таярлаў жойбары әмелге асырылмақта. Жойбар шеӊберинде 2022-жыл Өзбекстанныӊ Уллы Британиядағы туризм елшиси Софи Ибботсон ҳәм ҒХҚ ўәкили Стефани Адамс ушын елимиздиӊ бир қатар туристлик объектлери бойлап пресс-тур шөлкемлестирилген еди.
Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниӊ Мәлимлеме хызмети